Алдын хабар бергенимиздей, бирлеспемиздиң тǝжирийбе майданларында Израиль мǝмлекетиниң алымлары тǝрепинен ислеп шығылған «Ақыллы аўыл хожалығы» жойбары сынап көрилмекте. Усы жылдың 26-июль күни жаңа методты ǝмелде қолланып көриў мақсетинда 1 гектар жерге картошканың гүзги сорты егилген еди. Арадан 25 күн өткеннен соң Израильдың «Agrinoze компаниясының тийкарын салыўшыларының бири, компания басқарыўшысы мырза Эрез Файт республикамызға келди ҳǝм тǝжирийбе майданында болып, егинниң өсип-раўажланыў процесслери менен жақыннан танысты. Бирлеспелеримиз алымлары менен болып өткен сǝубетлесиўлерде Израиллы мийман бул жерде исленген жумысларға жоқары баҳа берди ҳǝм картошка дақылының ҳǝзирги жағдайы қанаатландырарлы екенин айтып өтти. Ҳақыйқатында да тǝкирарый егин сыпатында қолланылыўы жолға қойылыўы мақсет етилген гүзги картошканың вегетациясы көзди қуўандырады. Дийқанларымыз тǝрепинен қолланылып киятырған усылдағыға қарағанда өсимликлердиң өсиўинде бираз парық қөзге тасланады. Егер тǝжирийбе өзин ақлап, картошкадан гүз мǝўсиминде гөзленген зүрǝǝт алынса, бул усылды бийдайдан босаған майданларда тǝкирарый егин сыпатында қолланыў ушын усыныс етиўге болады.
Өткерилген ушырасыў өз-ара пикирлесиўлерге бай болды.